Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны 2020-жыл 1-январь жағдайына муўапық, 1 миллион 898 мың 329 адамды қураған. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикалық статистика басқармасы хабар берди.

Өткен жыл басынан берли республикамыз халқы 28,5 мың адамға көбейди. Соннан қалаларда жасайтуғын халық саны 930,5 мың (49%), аўыллық жердеги халық саны 967,8 мың (51%) адамды қурады.

Өткен жыл даўамында Қарақалпақстанда 41 271 бала тири туўылғаны дизимге алынған болса, 8507 адам қайтыс болған. Тәбийғый өсим 32 764 адамды қурады.

Еслетип өтемиз, 2019-жылдың 1-январь сәнесинде Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны 1 миллион 869 мың 782 адамды қураған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.