Бүгинги күнде Аралбойында да халық, әсиресе, жаслар арасында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында белгили жумыслар әмелге асырылмақта.

Нөкис қаласындағы 1-балалар – жас өспиримлер спорт мектебиниң спорт комплексине танғы саат 6.00 да келгенимизде бир топар нуранийлердиң азанғы денетәрбия менен шуғылланып атырғанының гүўасы болдық.

– Азанғы денетәрбияның инсан саламатлығына пайдасы шексиз, – дейди 79 жасар байланыс тараўының ветераны Ҳәкимнияз Ембергенов. – Себеби, инсан күн бойы өзин жақсы сезип жүреди, иштейи жақсыланады, ҳәр қандай кеселликлерден жырақ болады. Соның ушын да денетәрбия менен шуғылланыўды күнделикли әдетке айландырғанбыз. Өзим 1994-жылдан берли турақлы шуғылланып келемен. Топарымыз мәденият, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, хызмет көрсетиў ҳәм басқа да ҳәр қыйлы тараў ўәкиллеринен ибарат.

– Шаңарағымыз бенен келип азанғы денетәрбия менен турақлы шуғылланамыз, – дейди Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен архитектор, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Орынбай Төрениязов. – Жасларымыз арасында денетәрбия ҳәм спорт, соның ишинде, азанғы денетәрбия менен шуғылланыўды үгит-нәсиятлаўымыз тийис. Онда биз ветеранлар жасларға үлги болыўымыз керек. Бул халықтың саламатлығын беккемлеў менен бир қатарда жынаятшылықтың алдын алыўға хызмет етеди. Себеби, спорт пенен турақлы шуғылланған адамнан жаманлық шықпайды.

Таң азанда Нөкис көшелери бойлап жүрер екенбиз, кекселердиң, жаслардың, ҳаял-қызлардың денетәрбия менен шуғылланып атырғаны бизлерди қуўандырды. Өзимиз де буннан шетте қалмастан, ҳәр күни шуғылланыўды мақсет еттик.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.