Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен усы атамадағы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Илаж көркем өнер ҳәм миллий өнерментшилик өнимлериниң көргизбеси менен басланды.

Олар «Партия мениң тәғдиримде», «Егер мен депутат болсам» ҳәм «Жойбарлар таңлаўы» атамасындағы шәртлер бойынша беллести.

Таңлаў жуўмағында өзиниң белсендилиги, сөйлеў шеберлиги ҳәм ҳәм сиясий жетиклиги менен көзге түскен елликқалалы Шахноза Шарипова биринши орынды, соның менен бирге таңлаўдың финал басқышына жолламаны қолға киргизди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги