Ҳүкиметлик қарар тийкарында Турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәжлиги болған мийнет мигрантларына көп квартиралы турақ жайлардан квартиралар ажыратыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Қарар тийкарында тастыйықланған режеге муўапық, турақ жайлар жеңилликли ипотека кредити тийкарында ҳәр жылы район (қала)лардан белгиленген тәртипте ажыратылады.

 

Турақ жай ажыратыў төмендеги басқышларда әмелге асырылады:

 

– арза бериўши талабан сыпатында жазба усынысты алыў ушын талабанларды сайлаў бойынша комиссия баслығына турақлы жасаў орны бойынша ҳүжжетлерди ҳәм сораўнама-арзаны усынады;

– комиссия ҳүжжетлерди 15 жумыс күни ишинде көрип шығады;

– комиссия арзаны көрип шығыўда турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәжлиги болған мийнет мигрантларын бир қатар социаллық критериялар тийкарында (талабанның атында турақ жай жоқлығы, ижарада жасайтуғынлығы, басқа шаңарақ пенен бир үйде жасайтуғынлығы, көп балалы ҳәм т.б.) анықлайды;

– арзаны көрип шығыў ҳәм турақ жай шараятын үйрениў нәтийжесинде комиссия жазба усыныс бериў ямаса жазба усыныс бериўди бийкар етиў ҳаққында қарар қабыл етеди;

– жазба усыныс берилген талабанлар дәслепки шәртнамаларды дүзиў ушын инжиниринг компаниясы филиалына мүрәжат етеди.

 

2020-жылғы бағдарламалар шеңберинде турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәжлиги болған мийнет мигрантлары ушын ипотека кредитлерин ажыратыў бойынша:

– жеңилликли дәўир – 1 жыл;

– кредиттен пайдаланыўдың дәслепки 5 жылы даўамында ҳәр жылы процентлик ставкасы қатаң белгиленген 7 проценттен қайта қаржыландырыў ставкасы дәрежесине шекем бир нормада артып баратуғын ставкада ҳәм кейинги дәўирде қайта қаржыландырыў ставкасында белгиленеди.

 

Еслетип өтемиз, Президентимиздиң 2019-жыл 20-августтағы «Сырт елде ўақытша мийнет етип атырған Өзбекстан Республикасының пуқаралары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында быйылғы 2020-жылда Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет мигрантларына улыўма 210 турақ жай ажыратыў белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.