Қанлыкөл районына шөлкемлестирилген медиа-турда райондағы «90-жыллар музейи»не бардық. Бул жерде өткен әсирдиң соңғы жылларында халқымыз тәрепинен пайдаланылған жәми 800 ге жақын экспонатлар – электротехникалық қурылмалар (телевизор, компьютер, калькулятор, магнитофон, фотоаппарат, телефонлар, авто ручкалар), пул бирликлери, тутыныў буйымлары орын алған.

 

Кейин мәнзил – «Kanteks invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиндеги 600 адам жумыс ислеп атырған жип ислеп шығарыў кәрханасы. Улыўмалық баҳасы 38 миллион АҚШ долларына тең болған бул кәрханада жылына 10 мың тонна жип ислеп шығарылмақта. Өткен жылдың ноябрь айы жуўмақларына муўапық, 7 миллион АҚШ доллары муғдарында өнимлерди экспорт еткен. Ҳәзирги ўақытта кәрхана өнимлери Россия, Түркия, Польша ҳәм Украина сыяқлы еллерге экспорт етилмекте. Бул жерде ислеп атырғанлардың 80% и жаслар болып, жумыс улыўма 4 сменада шөлкемлестирилген. Биз усы жерде жумыс ислеп атырған жаслар менен сәўбетлескенимизде, олар бир айда 1 миллион 200 мыңнан баслап оннан да жоқары муғдарда мийнет ҳақы алып атырғанын айтып өтти. Жумыс орнында ыссы аўқат, арнаўлы жумыс кийимлери менен тәмийинленген.

 

Кәрханаға оншелли узақ болмаған жердеги «Жайхун» стадионына да бардық. 1 000 орынлық бул стадионның сметалық баҳасы 6 млрд 645 млн сумды қурап, бул жерде район жаслары спорт пенен турақлы шуғылланбақта. Қуўанышлы тәрепи, заманагөй стадионда шуғылланыў алып барған район жаслары өткен жылы футбол бойынша 2005-жылы туўылған жас өспиримлер арасында өткерилген Қарақалпақстан кубогында жеңимпаз болған.

 

Район орайында жайласқан, 1 млрд 402 млн сумнан аслам муғдардағы ири оңлаў жумыслары алып барылыўы нәтийжесинде заманагөй көриниске ҳәм шараятларға ийе болған Жаслар орайы имараты кейинги мәнзилимиз болды. Орайға кирип барар екенбиз, имарат алдындағы қараүйге көзимиз түсти. Оның ишинде жәҳән, өзбек ҳәм қарақалпақ әдебиятының ең әжайып үлгилери – китаплар қойылған болып, сондай-ақ, қараүй ишинде бийпул «Wi-Fi» зонасы шөлкемлестирилген. Жаслар орайы имараты өткен жылдың сентябрь айында пайдаланыўға тапсырылған болып, бул жерде район жаслары ушын 5 дөгерек турақлы жумыс ислемекте. Сондай-ақ, орайда «Санлы технологиялар» оқыў курсы шөлкемлестирилген. Район жаслары бул жерге келип, бос ўақытларында илим-билим сырларын үйренбекте.

 

Өткен жылдың декабрь айында райондағы мәденият орайы пайдаланыўға тапсырылған еди. Сметалық баҳасы 4 млрд 498 млн сумнан аслам болған мәденият орайының жаңа имараты 180 орынға мөлшерленген. Бул жерде районлық мәденият бөлими ҳәм талантлы жаслар байрам салтанатлары ҳәм ҳәр қыйлы тамашаларға қызғын таярлықлар көрмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўретлери.