Өзбекстан Республикасы Орайлық банки халқымызды алдаў мақсетинде шөлкемлестирилген Телеграм каналлар пайда болғаны ҳаққында ескертиў жәриялады.

«MARKAZIY BANK AKSIYASI» атамасындағы «Zakaz_mui» деп аталған Телеграм каналда тарқатылып атырған хабарлардың Орайлық банк коммуникациялық каналларына байланысы жоқ екенлиги ҳәм ҳеш қандай тийкарға ийе емеслиги билдирилген Орайлық банк тәрепинен жәрияланған хабарда.

Онда жазылыўынша, рәсмий шөлкем атынан нызамсыз түрде жумыс алып барылыўы әмелдеги нызамшылықтың турпайы түрде бузылыўы болып есапланады ҳәм көрип шығыў ушын республикалық ҳуқық қорғаў уйымларына жибериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.