Қарақалпақстанлы төреши Асқар Арзыбеков усы жылдың 24-29-январь күнлери Тәжикстан Республикасының пайтахты Душанбе қаласында болып өтетуғын чемпионатта төрешилик етеди.

19 жасқа шекемги қызлар (U-19) арасында өткерилиўи жобаластырылған Орайлық Азия футбол ассоциациясы – «CAFA» футзал чемпионатында ойынларға төрешилик етиў ушын Өзбекстаннан 3 төреши сайлап алынған болса, соның бири қарақалпақстанлы Асқар Арзыбеков болып есапланады.

Бул халықаралық дәрежеге көтерилиў ушын үлкен имканият. Биз жерлесимизге ойынларда әдил төрешилик етиўине тилеклеслик билдирип қаламыз.

Фотосүўретте оңнан екинши: Асқар Арзыбеков.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.