Усы жылдың 15-январь күни Нөкис қаласы турғыны А.И. Нөкис қалалық ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы 5-санлы ишки ислер бөлиминиң баслығы, подполковник А.Бекмуратовқа пара бермекши болды.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, пуқара А.И. подполковник А.Бекмуратовқа Тергеў бөлимшеси тәрепинен Жынаят кодексиниң 168-статьясы 2-бөлими ҳәм 228-статьясы 2-бөлими менен ашылған ҳәм тергеў ҳәрекетлери алып барылып атырған жынаят исин унамлы шешип бериўи ушын 1 200 АҚШ доллары муғдарында пара усыныс еткен.

Пуқара А.И. усыныс еткен пулдың 300 АҚШ долларын пара сыпатында берип атырған ўақтында ҚР Прокуратурасы, ӨзР ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасы ҚР бойынша бөлими ҳәм жынаят излеў басқармасы хызметкерлери тәрепинен айғақлы дәлиллер менен қолға алынған.

Жүз берген жағдай бойынша Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен Жынаят кодексиниң 211-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.