Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен 2020-2021-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары форматындағы диагностикалық тест сынақлары жолға қойылды.

Бул арқалы абитуриентлер тек ғана өз билимин сынақтан өткерип қоймастан, жаңадан енгизилип атырған тест материаллары (тест тапсырмалары китабы ҳәм жуўаплар бети) менен ислесиў бойынша көнликпелерге ийе болады.

 

Хош, диагностикалық тест сынақлары Қарақалпақстан Республикасында қашан өткериледи?

Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы Музаффар Абдуллаевтың бизге мәлим етиўинше, Қарақалпақстан Республикасында диагностикалық тест сынақлары 2020-жыл 29-январь күнинен басланады. Дизимнен өтиўшилердиң санына қарап буннан кейинги ўақытларда ҳәптесине 2 мәрте өткерилиўи белгиленген. Диагностикалық тест сынақлары Нөкис қаласы, И.Кәримов гүзары (бурынғы Дослық гүзары) 154-жайда жайласқан ТИТУ Нөкис филиалының академиялық лицейи (бурынғы ҚМУ жанындағы 3-санлы академиялық лицей) имаратында өткерилиўи жобаластырылған. Байланысыў ушын телефон номери: +99861 226 08 37.

 

Диагностикалық тест сынақларында қалай қатнасыў мүмкин?

 

Тест сынағында қатнасыўды қәлейтуғын абитуриентлер http://5fan.dtm.uz/ сайты арқалы дизимнен өтиўи ҳәм тийисли мағлыўматларды киргизип, тест вариантына буйыртпа бериўи мүмкин.

 

Тест вариантына буйыртпа бергенде абитуриентлер тәрепинен төмендеги мағлыўматлар анық белгилениўи керек:

– Қайсы пәнлерден тест тапсырыўы (қәнигелик пәнлери сыпатында 2 пән);

– Тест тапсырыў тили;

– Тест тапсырыў орны;

– Тест тапсыратуғын күн ҳәм ўақыт (1-смена 09:00, 2-смена 14:00).

 

Тест сынақларында қатнасыў ушын 15 000 сум төлем алынады.

 

– Мектеп ҳәм колледж питкериўшилери, абитуриентлер, сондай-ақ, барлық қызығыўшылар диагностикалық тест сынақларында қатнасыўына болады. Бул хызметлер абитуриент ушын жүдә әҳмийетли есапланады. Бунда абитуриент тест сораўларының дүзилиси, қыйыншылық дәрежеси, тест формалары, тест сораўлары менен ислескенде ўақыттан тез ҳәм үнемли пайдаланыўды үйренеди. Және бир тәрепи, абитуриент усы тест сораўларының нәтийжелери бойынша өзиниң қай дәрежеде темаларды өзлестиргенлигин, айырым темалар бойынша тереңирек үйрениў кереклигин билип алыўына болады, – дейди Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы Музаффар Абдуллаев.

 

Қосымша атап өтилиўинше, егер Нөкиске алыс районлардан тест сынақларында қатнасыўды қәлеўшилер саны көп болса, тест сынақларын сол районларға барып өткериў бойынша да жумыслар алып барылмақта.

 

Биз барлық абитуриентлер ҳәм қәлеўшилерди диагностикалық тест сынақларында қатнасып, өз көнликпелерин арттырыўға шақырып қаламыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.