Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы ҳәм тийисли хызметлер  тәрепинен ҳәр күни «Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана постына қоңсы мәмлекеттен кирип келген жолаўшы поездлар ҳәм жолаўшылар белгиленген тәртипте тексериўден өткериледи.

Усындай тексериўлердиң биринде  жолаўшылардың бири М.Т. тәрепинен декларацияда көрсетилмеген ҳәм бажыхана хызметкерлериниң аўызеки сораўында мәлим етилмеген 64 дана бас кийимди алып киятырғаны анықланған.

Басқарма тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, бул бас кийимлердиң улыўма баҳасы 85 миллион сумды қурайды.

Ҳәзирги ўақытта бул факт бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.