15-январь күни Ташкент қаласынан жолға шыққан спорт кәрўаны бүгин Қарақалпақстан жаслары ушын арналған спорт үскенелери менен  Нөкиске жетип келди. 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде кәрўанды күтип алыў мәресими болып өтти.

Бул 5 әҳмийетли баслама шеңберинде әмелге асырылып атырған илаж болып,  Нөкиске жетип келген кәрўан менен Андижан ўәлаятының «Балиқчи» районында жайласқан «Ratex» жуўапкершилиги шекленген жәмийети түриндеги Пакистан-Өзбекстан қоспа кәрханасында ҳәм «Magna sport», «Mini teks», «Хўжаобод» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлеринде ислеп шығарылған 24 түрдеги спорт үскенелери, инвентарьлары ҳәм кийимлери алып келинди.

Өзбекстан Республикасы Президенти саўғасы сыпатында 957 дана, 514 жуп ҳәм 3 комплект, жәми 1 мың 474 спорт өними республикамыздағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплерине және улыўма билим бериў мектеплерине бийпул берилди.

-Мен оқыўдан бос ўақтымда 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың жеңил атлетика түри менен шуғылланаман. Бул жерде спорт пенен шуғылланыўымыз ушын барлық шараятлар жаратылған, – дейди Нөкистеги 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Татьяна Михаилова. – Сол себепли, мектебимизде спорт жарысларында мүнәсип қатнасып атырған оқыўшылар жүдә көп. Бүгин мектебимизге келтирилген спорт үскенелерин көрип қуўандым. Бизге усындай итибар ҳәм ғамхорлық көрсетип атырған Президентимизге рахмет. Келешекте жоқары орынларды алыўға ҳәм байрағымызды жоқарыларға көтериўге ўәде беремен.

– Бүгин балалардың жүзлеринде шексиз қуўанышты, спортқа болған айрықша ықласын көрип қуўандым, – дейди «Хўжаобод» ЖШЖ ниң директоры Бекзод Одилов. -2003-жылдан берли кәрханамызда спорт үскенелерин ислеп шығарып атырған болсақ, бүгинги күнге келип олардың түри 30 ға жетти. Спорт өнимлеримизге болған талаптың жылдан-жылға артып баратырғаны халқымыздың спорт пенен шуғылланыўға қызығыўшылығынан дәрек береди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.