16-январь күни Россия Федерациясының Саратов областы аймағындағы «Нижный Новгород-Арзамас-Саранск-Исса-Пенза-Саратов» трассасында жүз берген жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде еки Өзбекстан пуқарасы қайтыс болған, үшеўи дене жарақатын алған.

Айырықша жағдайлар министрлигине тийкарланып «Дарё»ның хабар бериўинше, 16-январь күни жергиликли ўақыт пенен саат 08:20 да Россия Федерациясы Саратов областы Татищев районы аймағынан өтетуғын федераллық әҳмийетк еийе болған Р-158 «Нижный Новгород-Арзамас-Саранск-Исса-Пенза-Саратов» автомобиль жолының 580-километринде Полчаниновка посёлкасынан 30 километр арқа-батыс бағдарда «Волга-ГАЗ-3110» автомобили ҳәм «Hyundai» минивени қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген.

Ўақыя ақыбетинде, улыўма 9 пуқара дене жарақатын алған. Солардан екеўи ўақыя орнында қайтыс болған. Қайтыс болғанлар Өзбекстан Республикасының пуқаралары болғанлығы анықланған.

Сондай-ақ, 5 пуқара ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алып, Саратов областлық клиникалық емлеўханасына жатқарылған. Олардың үшеўи Өзбекстан пуқаралары екенлиги мәлим болды.

Дене жарақатын алғанлар арасында 1998-жылы туўылған Қарақалпақстан Республикасы Хожели районында жасайтуғын Иса Баллиев те бар екенлиги ҳаққында хабар берилген.

Жүз берген жағдай бойынша ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Соның менен бирге, қайтыс болған пуқаралардың ағайин-туўысқанларына хабар бериў ҳәм денелерин авиатранспорт арқалы Өзбекстанға алып келиў және дене жарақатын алған пуқараларға тийисли медициналық жәрдем көрсетиў бойынша биргеликте жумыслар алып барылмақта, деп жазылған хабарда.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.