Усы жыл 14-январь күни Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан  Республикасы басқармасы ҳәм Шегара әскерлери әскерий хызметкерлерине жаңа турақ жайды пайдаланыўға тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы басшысы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Өзбекистан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 28 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни, жаңа турақ жайдың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

 

 

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында Қураллы Күшлер тараўын реформалаў,  оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, соның менен бирге, әскерий хызметкердиң шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаў, олардың хызмет ҳәм жасаў шараятларын жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта. Бүгинги күни жәмийетлик қәўипсизликти сақлаў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, халқымызды ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлерден ҳәм нызамсыз ҳәрекетлерден қорғаў жолында хызмет атқарып атырған Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан  Республикасы басқармасы ҳәм Шегара әскерлери әскерий хызметкерлерине ҳәр бири 30 квартиралы еки жаңа турақ жайдың тапсырылыўы буны айқын дәлиллейди.

Буннан кейин жаңа турақ жайдың гилтлери өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды. Сондай-ақ, турақ жай қурылысын сапалы етип қурып питкерген қурылысшыларға да саўғалар берилди.

 

 

-Байрам алдында шаңарақ ағзаларымыз бенен үш бөлмели турақ жайға ийе болдық,- дейди Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан  Республикасы басқармасы хызметкери, сержант Ш.Адамбаев.-Биз әскерий хызметкерлерге итибары ҳәм ғамқорлығы ушын Президентимиз, Қураллы Күшлердиң Жоқарғы Бас Сәркардасы  Ш.Мирзиёевқа миннетдаршылық билдиремиз.

Илаж қатнасыўшылары жаңа турақ жайда жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.