Усы жылдың 13-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен экологиялық рейд өткерилди. Бул ҳаққында комитеттиң баспасөз хызмети хабар берди.

Рейд нәтийжесинде Кегейли районында жасайтуғын пуқара Б.С. тәрепинен мәмлекетлик белгиси 95 Х 738 CA болған ГАЗ-53 автомашинасында нызамға қайшы түрде Нөкис қаласындағы «Таслақ» елаты аймағынан 8 метр кублық жыңғыл өсимлигин шаўып, машинасына жүклеп баратырған ўақтында иркилди.

Жағдай бойынша нызамға қайшы ҳәрекет еткен пуқараға тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 79-статьясының 1-бөлими тийкарында 1 115 000 сум жәрийма ҳәм тәбиятқа жеткерилген зыянды қаплаў ушын 535 200 сум есапланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.