Жақында қабыл етилген «Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққында»ғы Нызам бойынша ҳәр қыйлы сораўлар пайда болмақта. Олардың арасында ең көп берилип атырғаны «бақшаға балаларды қабыл етиўде төменги жас шегарасы өзгере ме?» деген сораў болмақта, деп жазды «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Сол себепли Әдиллик министрлиги төмендегилерге анықлық киргизип өткен.

 

1) Нызамның 34-статьясында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери топарларын толтырыў ҳаққында сөз етилген. Онда бақша топарларының жасқа байланыслы категориялары келтирилген ҳәм «дәслепки раўажланыў топары (бир жастан үш жасқа шекем)» деген категория бар.

Усы сөз пуқаралар арасында түсинбеўшилик келтирип шығарып, «балаларды барлық бақшаларға бир жастан баслап бериў мүмкин екен» деген мазмунда надурыс талқыланбақта.

Бирақ, Нызамның 33-статьясында «Улыўмалық түрдеги мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине балаларды қабыл етиў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын тәртипте әмелге асырылады» деп жазылған.

Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-майдағы 391-санлы қарары менен тастыйықланған 35-бәнтинде болса: «Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине 3 жастан 7 жасқа шекемги болған балалар қабыл етиледи» деп жазылған.

Демек, мәмлекетлик бақшаларға балаларды қабыл етиў жасының төменги шегарасы 3 жас болып қалмақта.

 

2) Жеке меншик бақшаларға балаларды қабыл етиў ҳәм олардан шығарыў болса Министрлер Кабинетиниң қарары емес, мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң уставы менен тәртипке салынады. Бунда мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси уставында нәзерде тутылған болса ҳәм мәмлекет тәрепинен қойылған белгили бир талапларға жуўап берсе, балаларды ҳәттеки 1 жасқа толмаған болса да жеке меншик бақшалар қабыл етиўи мүмкин.

 

3) Нызамдағы жас топарларының категорияланыўына байланыслы статьяға «бир жастан үш жасқа шекемги» сөз дизбеги киргизилиўиниң себеби төмендегише:

– бириншиден, мәмлекетлик бақшаларға балаларды қабыл етиўде кейин ала жас шегарасы өзгерсе, Нызамға өзгерис киргизиў сыяқлы қурамалы юридикалық процедураның алдын алыў;

– екиншиден, жеке меншик бақшаларда топарларды жасқа байланыслы категориялаў нормаларын белгилеп бериў.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.