Бас прокурор орынбасары С.Саидкаримов тәрепинен усы жылдың 10-11-январь күнлери Қарақалпақстан Республикасы халқы менен көшпели қабыллаўлар өткериледи. Бул ҳаққында Бас прокуратура рәсмий каналында хабар берилди.

Халық пенен тиккелей ҳәм ашық сәўбетлесиўди тәмийинлеў, машқалаларды анықлаў және сапластырыў бойынша илажлар көриў мақсетинде Бас прокуратура басшылары тәрепинен көшпели қабыллаўлар өткерип келинбекте.

Өткерилип атырған сәўбетлесиўлер даўамында пуқаралардың бир неше жыллардан берли өзиниң шешимин күтип киятырған машқала ҳәм усынысларын сол орынның өзинде шешиўге айырықша итибар қаратылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.