Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы қарарының жойбарына муўапық, Ҳүкиметтиң «Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў, студентлердиң оқыўын көшириў, қайта тиклеў ҳәм оқыўдан шетлетиў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына төмендегише өзгерислер киргизиледи:

– Экономика тармақларында кеминде бес жыллық мийнет стажына ийе болған пуқараларды жумысына сәйкес болған билимлендириў бағдарларының сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түрине сәўбет нәтийжелерине муўапық, дифференциалластырылған төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етиў белгиленген тәртипте әмелге асырылады;

– Жоқары оқыў орынларының усынысларына бола, олардың имканиятларынан келип шығып, Мәмлекетлик комиссиясының қарары тийкарында абитуриентлер белгиленген квотадан тыс қосымша ҳәм еселенген төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилиўи мүмкин.

 

Жоқары оқыў орынлары қосымша қабыллаўды Мәмлекетлик комиссиясының қарары менен белгиленген көрсеткишлерге муўапық топланған баллары Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленетуғын минимал баллдан кем болмаған және сайланған бағдарлар бойынша тийкарғы қабыллаў шегараларына 4 баллға шекем жетпеген абитуриентлер арасынан баллар избе-излигине қатаң әмел еткен ҳалда әмелге асырады.

 

Бунда төлемли контракт муғдары әмелде орнатылған төлемли контракт муғдарына салыстырғанда төмендеги муғдарларда белгиленеди:

– топлаған баллары тастыйықланған төлемли контракт бойынша қабыллаў квоталары шегарасына бир баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – 1,5 есе;

– 1,1 баллдан 2 баллға шекем жетпегенлер ушын – 2 есе;

– 2,1 баллдан 3 баллға шекем жетпегенлер ушын – 2,5 есе;

– 3,1 баллдан 4 баллға шекем жетпегенлер ушын – 3 есе.

 

Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленген мүддетлерде усы муғдарлар бойынша төлемли контракт шәртлери биринши оқыў жылы ушын кеминде 50 проценти орынланғаннан соң абитуриент жоқары оқыў орны ректорының буйрығы тийкарында оқыўға қабылланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.