8-январь күни саат 12:00 лерде Әмиўдәрья районы, Қыпшақ аўылында жасайтуғын 1993-жылы туўылған С.Д.ның үйинен өзи, өмирлик жолдасы ҳәм ержетпеген қызының жансыз денеси табылған. Бул ҳаққында Бас прокуратура Баспасөз хызметине тийкарланып «Қалампир» хабар берди.

Үйдиң жатақханасынан С.Д.ның ҳаялы 1995-жылы туўылған Ф.Ш.ның бетиниң жағы ҳәм мойын тәрепинде дене жарақатлары болған ҳалдағы, ержетпеген 2 жаслы қызы А.С.ның буўыў жағдайға тән белгилери менен жансыз денелери табылған. Қоймаханадан үй ийеси С.Д.ның өз жанына қастыянлық етип, өзин-өзи асып қайтыс болған ҳалдағы денеси табылған.

Бул жағдай бойынша усы күнниң өзинде районлық прокуратура тәрепинен Жынаят кодексиниң 97-статьясының 2-бөлими «а» бәнти тийкарында жынаят иси ашылған. Тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.