26-декабрь күни Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёев Ташкентте жаңадан қурылған Абдулла Қодирий атындағы дөретиўшилик мектеби ҳәм музейин барып көрди. Мәмлекет басшысы усы жерде жазыўшы ҳәм шайырлар, әдебияттаныўшы илимпазлар және жас дөретиўшилер менен сәўбетлести.

Президент сәўбет даўамында Олий Мажлиске мүрәжаты ҳаққында да тоқталып өткен.

– Парламентке мүрәжатымыз тайын болған. Жаңа парламент сайланыўы менен, несип етсе, январь айының орталарында бул илажды да өткеремиз, – деп айтып өткенлиги ҳаққында «Kun.uz» хабар бермекте.

Дәстүрге муўапық, Өзбекстан Президентиниң Олий Мажлиске мүрәжатында жыл атамасы да усыныс етиледи.

Еслетип өтемиз, 22-декабрь күни Өзбекстанда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ушын сайлаўлар болып өтти. Дәслепки нәтийжелерге муўапық, 150 депутатлық орынға 125 депутат сайланды. 2020-жыл 5-январь күни 25 сайлаў округинде қайта даўыс бериў өткериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги