Бүгин, 26-декабрь күни Ташкент қаласындағы «Наврўз» сарайында быйылғы жылдың жуўмақларына бағышланған «Миллий спорт сыйлығы-2019» сыйлықлаў салтанаты болып өтти.

Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги және Өзбекстан Миллий олимпия комитети тәрепинен шөлкемлестирилген усы илажда жыл даўамында спорттың раўажланыўы жолында мийнет еткен ең жақсы атлет ҳәм тренер, федерация, төреши, спорт қәнигелери, журналист ҳәм жуўапкер шөлкемлер 20 ға шамалас номинация бойынша сыйлықланды.

Қуўанышлысы, сыйлықлаў салтанатында қарақалпақстанлы спортшы, қылышпазлық (сабля) бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзасы Зайнаб Дайыбекова «Жылдың ең жақсы жас ҳәм перспективалы спортшысы» номинациясы бойынша жеңимпаз деп табылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.