Ўзбекистон ва Россия: стратегик шерикликнинг 25 йили

Өзэкспоорайда 30-ноябрь күни усы атамада тарийхый-ҳүжжетли көргизбе ашылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген салтанатлы илажда еки елдиң парламент ағзалары, министрликлер менен ведомстволардың басшылары, илимпазлар, дипломатиялық корпус ўәкиллери, ўатанласларымыз ҳәм россиялы мийманлар қатнасты.

Еки елдиң мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тарийхый-ҳүжжетли көргизбе шөлкемлестириўшилери менен қатнасыўшыларына қутлықлаўын Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султанов оқып еситтирди.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң қутлықлаў сөзин Россия Федерациясы Президентиниң шет мәмлекетлер менен регионлараралық ҳәм мәдений байланыслар бойынша басқармасының баслығы, Россия делегациясы басшысы В.Чернов оқып еситтирди.

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев, Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңеси Баслығының орынбасары И.Умаханов, Россия Федерациясының елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси В.Тюрденев ҳәм басқалар Өзбекистан менен Россия арасындағы бирге ислесиў ҳәр тәреплеме раўажланып атырғаны, бул көргизбе стратегиялық шериклик және беккем дослық байланысларын айқын көрсететуғынын атап өтти.

Быйылғы жылы Өзбекистан Республикасы менен Россия Федерациясы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 25 жыл толды. Усы мүнәсибет пенен 20-март күни Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Президенти Владимир Путин бир-бирин қутлықлады.

Қутлықлаўларда атап өтилгениндей, өткен жылларда Өзбекистан менен Россия қатнасықлары стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди. Көп қырлы ҳәм ҳәр тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўда салмақлы нәтийжелерге ерисилди.

Көргизбеде, әне, сол нәтийжелер, тарийхый ҳүжжетлер өз көринисин тапқан. Экспозиция жети темаға бөлинген 300 ге шамалас экспонатты өз ишине алған.

Солардан бири Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл апрель айында Россия Федерациясына мәмлекетлик сапар етиўине бағышланған.

Бул сапар етиў еллеримиз арасындағы қатнасықларды буннан былай да жоқары басқышқа көтерди. Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде өз-ара байланысларды раўажландырыўдың узақ мүддетли перспективалары белгилеп алынды. Бирге ислесиў салалары кеңейди. Сөйлесиўлер нәтийжесинде улыўма нырқы 16 миллиард доллар болған ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық ҳүжжетлерге қол қойылды.

Бул ўақыя барлық дәрежедеги байланысларға жаңа пәт бағышлады. Делегациялардың сапар етиўи, исбилермен топарлардың бирге ислесиўи жеделлести.

Көргизбе блокларынан және бири «Сиясий сөйлесиў» деп аталған. Онда бүгинги дипломатиялық қатнасықларға тийкар салған Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың Россия Президентлери Борис Ельцин, Владимир Путин ҳәм Дмитрий Медведев пенен ушырасыўлары, қол қойылған бирликтеги билдириўлер менен шәртнамалардың көринислери сәўлеленген.

Өзбекистан менен Россия арасында саўда, экономика, энергетика, аўыл хожалығы, билимлендириў, мәденият ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўге байланыслы еки жүзден аслам ҳүжжет қабыл етилген 2004-жыл 16-июньде қол қойылған Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнама, 2005-жыл 14-ноябрьде қол қойылған Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнама олардың ең әҳмийетлилери болып табылады. Еллеримиз БМШ, ШБШ, ҒМДА сыяқлы халықаралық структуралар шеңберинде де нәтийжели бирге ислесип келмекте.

Көргизбеде еки тәреплеме экономикалық бирге ислесиўге айрықша орын берилген.

Өзбекистан-Россия қатнасықларында саўда-экономикалық байланыслар тийкарғы орында турады. Елимизде Россия инвестицияларының қатнасында дүзилген 960 тан зыят кәрхана, Россияда болса Өзбекистан инвесторларының қатнасында шөлкемлестирилген дерлик 570 кәрхана жумыс ислемекте. Елимизде усы елдиң 64 жетекши фирмасы менен компаниясы өз ўәкилханасын ашқан.

Өз-ара саўда көлеми жедел артып бармақта-жыл басынан берли товар алмасыўдың көлеми 3 миллиард доллардан артқан.

Елимизде Россияның жетекши компаниялары ҳәм банклериниң қатнасында нефть-газ ҳәм нефть-химия салалары, металлургия, машина қурылысы, электр техникасы санааты, фармацевтика, агросанаат, азық-аўқат ҳәм басқа да тармақларда ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Еки мәмлекет аймақлары ҳәм исбилермен топарлары арасындағы әмелий бирге ислесиў кеңейип бармақта.

Және бир экспозиция әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўге бағышланған.

Өзбекистан ҳәм Россия тынышлықты және турақлылықты беккемлеў, регионлық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша да избе-из бирге ислесип келмекте. Түрли жылларда терроризмге қарсы бирликтеги тактикалық шынығыўлар өткерилген. Усы жыл октябрьде Қубла-батыс арнаўлы әскерий округиниң «Фориш» таў-дала оқыў майданында Өзбекистан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы қорғаныў министрликлери әскерлери бөлимшелериниң арнаўлы тактикалық-оқыў шынығыўлары болып өтти. Сентябрь айында Ташкент қаласында еки елдиң Қәўипсизлик кеңеслери аппаратлары арасында гезектеги мәсләҳәтлесиўлер өткерилди.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўге бағышланған бөлимде усы саладағы беккем байланыслар өз көринисин тапқан.

Өзбекистан менен Россияның илим, билимлендириў, мәденият, көркем өнер, спорт, туризм саларындағы бирге ислесиўи избе-из раўажланбақта. Еки мәмлекет халықлары бир-бириниң мәдениятына ҳәм әдебиятына ҳүрмет пенен қарайды. Москва қаласында уллы өзбек шайыры ҳәм ағартыўшысы Әлийшер Наўайының естелиги, Ташкент қаласында орыс шайыры Александр Пушкинниң естелиги бой тиклеген. Елимизде Россияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиаллары ашылған.

2016-жылы Өзбекистанда Россия күнлери, усы жыл Россияда Өбекистан мәденият күнлери өткерилди. Өзбекистан делегациясының сапар етиўи қарсаңында Москвадағы А.Пушкин атындағы сүўретлеў көркем өнери музейинде елимиздиң И.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи экспонатларының көргизбеси шөлкемлестирилди.

Усы жыл Ташкент епархиясының 145 жыллығы белгиленди. Онда қатнасыў ушын Москва ҳәм Пүткил Рус Патриархы Кирилл елимизге сапар етип келди.

«Улыўма тарийхтың әҳмийетли дәўирлери» деп аталған бөлимде Екинши жер жүзилик урыста өзбекистанлы әскерлердиң қаҳарманлықлары, елимизге эвакуация етилген россиялылардың турмысы ҳәм жумысы, халқымыздың фронт артындағы машақатлы мийнети, 1966-жылы Ташкентте жүз берген жер силкиниўден кейинги тиклениў жумыслары сәўлелендирилген.

«Заманагөй Өзбекистан» деп аталған бөлимде елимиздиң ғәрезсизлик жылларындағы раўажланыўы, экономикалық ҳәм мәдений байлықлары, туризм потенциалы көрсетилген.

-Еллеримиз ҳәм халықларымыз өз-ара ҳүрмет, улыўмалық мәсләҳәтлесиў, тарийхый естеликлер менен байланысқан,-деди Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңеси Баслығының орынбасары И.Умаханов.-1970-жыл мениң ана журтым Дағыстанда қорқынышлы жер силкиниў болғанда өзбекистанлы қурылысшылар менен жумысшылар биринши болып жетип барған. Мақачқалада олар қурған орынды ҳәзир де халқымыз «Өзбек қалашасы» деп атайды. Бундай мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик биз қатарлылар ушын үлкен сабақ және ибрат болған. Усындай дослық руўхын әўладтан-әўладқа жеткериў, еллеримиз арасындағы бирге ислесиўди избе-из беккемлеў оғада әҳмийетли. Бул көргизбеде улыўма тарийхымыз ҳәм бүгинги байланысларымыздың көрсетилгени бизде үлкен тәсир қалдырды.

Көргизбе шеңберинде және бир ўақыя болды. Өзбекистан Республикасы  халық артисти Галина Мельникова Россия Федерациясы Президентиниң усы жыл 27-ноябрьдеги пәрманына муўапық, Россияның «Дружба» (Дослық) ордени менен сыйлықланған еди. Россия Федерациясы Президентиниң шет мәмлекетлер менен регионлараралық ҳәм мәдений байланыслар бойынша басқармасының баслығы В.Чернов Галина Мельниковаға усы сыйлықты салтанатлы түрде тапсырды.

Көргизбе бир ай даўам етеди.

***

Усы күни Москва мәмлекетлик университетиниң Ташкент филиалында «Өзбекистан ҳәм Россия стратегиялық шериклигиниң жаңа шеклери: экономика, қәўипсизлик, жәмийетлик пикирлесиў» темасында халықаралық конференция болып өтти.

Әнжуманда елимиздеги министрликлер менен ведомстволардың басшылары, Россия делегациясы ағзалары шығып сөйледи. Академиклердиң, тарийхшы ҳәм сиясаттаныўшы илимпазлардың, жоқары билимлендириў мәкемелери оқытыўшыларының баянатлары тыңланды.

Илажда Өзбекистан менен Россия шериклигиниң түрли тәреплери-тарийхый басқышлар, сиясий сөйлесиўлердиң нәтийжелери, экономикалық бирге ислесиў имканиятлары, мәдений-гуманитарлық байланыслардың перспективаларына байланыслы мәселелер додаланды.

Анвар САМАДОВ,

ӨзА ның хабаршысы