Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын жетилистириў, нызам үстемлигин тәмийинлеў және суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, сондай-ақ, экономиканы раўжландырыў ҳәм либералластырыў 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

Усы жылдың 28-ноябрь күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Мәжилис «Өзбекистан Республикасының «Тоғай ҳаққында»ғы Нызамына өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы жойбарын екинши оқыўда додалаўдан басланды.

Атап өтиў керек, төменги палатаның усы жыл 1-август күни болып өткен мәжилисте усы нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилген еди. Оны ислеп шығыў басламасы менен нызамшылық палатасындағы Өзбекистан Экологиялық ҳәркетиниң депутатлар топары шыққан. Нызам жойбарын парламент төменги палатасында көрип шығыў ушын таярлаў процесинде кең көлемде додалаў мақсетинде жойбар тийисли усынысларды алыў ушын тийисли министрлик және ведомстволарға, МКШға жиберилгени депутатлар тәрепинен атап өтилди. Буннан тысқары, жойбар жәмийетшилик додалаўы ушын парламент төменги палатасының parliament.gov.uz веб-сайтына, сондай-ақ, Экоҳәрекеттиң eco.uz веб-сайтына, facebook.com социаллық тармағына жайластырылды. Нәтийжеде 250 ден аслам пикир-усыныслар берилген болып, олардан 18 и нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў шеңберинде жуўмағына жеткериў ўақтында есапқа алынды.

Атап айтқанда, нызам жойбарында тоғайларды қорықлаў, қорғаў, көбейтиў, қайта көбейтиў, қайта тиклеў, өнимлилигин арттырыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың мақсети, тийкарғы бағдарлары анықластырылған. Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң бул тараўдағы ўәкилликлерине тийисли статья киргизилмекте.

Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи тоғай байлықларынан ақылға муўапық ҳәм итибарлылық пенен пайдаланыўға, сондай-ақ, тоғай қоры және қорғалатуғын аймақларды нәтийжели басқарыўға, тоғай егинлерин жаратыў, қайта көбейтиўге, қорықлаўға және қорғаўға имкан беретуғыны депутатлар тәрепинен атап өтилди.

Мәжилис даўамында депутатлар «Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамына өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын да биринши оқыўда көрип шықты.

Сөзге шыққанлардың пикирине бола, усы нызам жойбарында «Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамына өзгерислер менен қосымшалар киргизилип, оны жаңа редакциясын тастыйықлаў усыныс етилмекте. Нызам жойбарында мәмлекетлик сыйлық түсиниги айдынластырылмақта, мәмлекетлик сыйлықлар Өзбекистан Республикасы нызамлары менен енгизилиўи белгиленбекте. Буннан тысқары, Өзбекистан Республикасы пуқаралары шет ел мәмлекетлик сыйлықлары менен де сыйлықланыўы мүмкин екени белгиленген.

Мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм мәмлекетлик атақлардың түрлери нәзерде тутылмақта. Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм геральдика бойынша комиссияға мәмлекетимиз басшысының мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў мәселелерин шешиў менен байланыслы констиутциялық ўәкиллери әмелге асырылыўын тәмийинлеўге байланыслы ўазыйпа жүкленген ҳалда оның ҳуқықый статусы беккемлеп қойылмақта.

Буннан тысқары, мәмлекетлик сыйлықлар есапланбайтуғын мәмлекетлик сылықлар, естелик ҳәм көкирек белгилерин шөлкемлестириў мәселелери тәртипке салынбақта.

Соң депутатлар «Парламентлик қадағалаўы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шығыўға киристи.

Парламентлик қадағалаў тараўындағы ҳуқықты қолланыўәмелиятының, миллий нызамшылық ҳәм сырт ел тәжирийбесиниң талқылаўы, сондай-ақ, эксперт илимпазлардың жумысларын үйрениў нәтийжелери соны көрсетпекте, парламентлик қадағалаўдың тек ғана мәмлекетлик уйымларды емес, ал хожалық басқарыў уйымларын да қамтып алыўы нызам ҳүжжетлериниң нәтийжели әмелге асырылыўын, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери және нызамлы мәплерине әмел етилиўин тәмийинлеў бағдарында парламенттиң ролин ҳәм орнын күшейтиўдиң нәтийжели қуралы болып табылады.

Сырт ел тәжирийбесин мониторинг етиў соны көрсетеди, айырым еллерде парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў тараўына хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысы да киреди. Франция нызамшылығында парламенттиң атқарыўшы ҳәкимияттың да, жергиликлилестирилген кәрханалардың да жумысын, сондай-ақ, мәмлекеттиң үлеси 50 проценттен көп болған кәрханалардың жумысын қадағалаў ҳуқықы белгиленген.

Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында миллий нызамшылығымызға Нызамшылық палатасындағы «ҳүкиметлик саат» инстиутының енгизилиўи парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў бағдарында нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимияттың өз-ара бирге ислесиўин жетилистириўге, сондай-ақ, ҳүкимет ағзаларының парламент алдындағы жуўапкершилигин күшейтиўге имкан беретуғын қосымша механизмлерди нәзерде тутыўға хызмет ететуғыны айрықша атап өтти. Сондай-ақ, ҳәкимлердиң тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабын Олий Мажлис Сенаты мәжилисинде тыңлаўды нызам дәрежесинде беккемлеп қойыў талап етиледи.

Мәжилис даўамында «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының Нызамына өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары да биринши оқылыўда көрип шығылды.

Нызам жойбары өсимликлер карантини тараўындағы мәмлекетлик басқарыўды жетилистириўге, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы  Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы статусын ҳәм карантин хызмети системасына жүкленген ўазыйпаларды белгилеўге қаратылған.

Бул нызам жойбарын ислеп шығыў ўақтында, депутатлар атап өткениндей, Россия, АҚШ, Қытай Украина, Беларусь ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлериниң өсимликлер карантини тараўындағы нызам ҳүжжетлери үйренип шығылды. Сырт ел тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда, импорт ҳәм экспорт ететуғын исбилерменлик субъектлери орынлаўы лазым болған карантинге байланыслы талаплар менен нормалар қайта көрип шығылды, өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик инспекторлардың тийкарғы ўазыйпаларынан бири есапланатуғын өсимликлер карантини тараўында мониторингти әмелге асырыў тәртиби белгиленди.

Буннан тысқары, мониторинг нәтийжелерине бола, карантиндеги зыянлы организмлердиң тарқалыў қәўпи пайда болғанда тийисли илажлар көриў имканиятын беретуғын, республика аймағының карантинге байланыслы фитосанитариялық жағдайы ҳаққындағы ҳәр жылғы баянатын жәриялаў нәзерде тутылмақта.

Усынылып атырған нызам жойбарының қабыл етилиўи өсимликлер карантини саласындағы қатнасықларды тәртипке салыў механизмлерин жетилистириў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, карантин хызмети жумысына заманагөй шет ел технологияларын ҳәм жумыс усылларын енгизиў, сондай-ақ, Өсимликлер карантини мәмлекетлик иснпекциясы жуўаплы хызметкерлериниң ўазыйпаларын анық белгилеў имканиятын береди.

Сондай-ақ, «Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқылыўда додаланды.

Бул нызам жойбары бәсекини шеклейтуғын келисилген ҳәрекет ҳәм шәртнамаларды анықлаў механизмин жетилистириўге, исбилерменлик субъектлери тәрепинен монополияға қарсы уйым менен бирге акцияларды алыў ўақтында келисиў тәртибин жеңиллетиўге, тийкарғы жәмийеттиң устав капиталында сыңар ҳәм бағыныўшы хожалық жәмийетлериниң, сондай-ақ, унитар кәрханалардың қатнасына байланыслы шеклеўди белгилеў арқалы жүз бериўи мүмкин болған мәплердиң қарсылықларын сапластырыўға ҳәм басқаларға қаратылғаны атап өтилди. Буннан тысқары, жойбар бәсеки ҳәм корпоратив басқарыў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириўге қаратылған.

Нызам жойбарын додалаў ушын Өзбекистан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына жайластырылды. Додалаў дәўиринде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлеринен бир қатар усыныслар келип түсти, атап айтқанда, нызам жойбарына унитар кәрхана тәрепинен өз меншик ийесиниң устав фондындағы үлеслерге ийе болыўына, сондай-ақ, унитар кәрхана басшы ҳәм хызметкерлериниң тийкарғы хожалық жәмийетиниң қадағалаў кеңесине ағза болыўына байланыслы шеклеўди киргизиў ҳаққында усыныс келип түсти.

Бул нызамның қабыл етилиўи Халықаралық банктиң «Doingbusiness» индексинде Өзбекистанның рейтингин көтериўге, сондай-ақ, рухсат етиў тәртип-қағыйдаларының әмелдегилерин жеңиллетиўге ҳәм артықшаларын қысқартыўға имканият беретуғыны фракция ағзалары тәрепинен атап өтилди.

Буннан соң депутатлар өрт қәўипсизлиги тараўындағы нызам ҳүжжетлерин муўапықластырыў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ишки ислер уйымлары өрт қәўипсизлиги бөлимшелериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 3- ҳәм 12-бәнтлерин орынлаў бойынша ислеп шығылған «Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбьарын биринши оқылыўда көрип шықты.

Мәжилис процесинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы қарары менен Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги системасында Мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги хызмети тийкарында бирден-бир мәмлекетлик өрт қадағалаўы уйымы шөлкемлестирилген.

Сол себепли Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 249-статьясына ҳәм «Өрт қәўипсизлиги ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамының 34-статьясына өзгерислер киргизиў зәрүрлиги жүзеге келди.

Мәжилисте, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын басқа да нызам жойбарлары да көрип шығылды және биринши оқылыўда қабыл етилди.

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Мәлимлеме хызмети