Усындай баянат 29-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў комитетинде болып өткен «Ғалаба хабар қуралларында реклама, анализ, машқала ҳәм кемшиликлер» атамасындағы мәжилисте жаңлады.

– Газеталарда жасырын рекламалар берилмекте. Онда инсан сана-сезимине тез тәсир ететуғын фактлер ушырасады. Мәселен, мақаладағы тексттиң қатарларын айрықша шрифтлер ямаса реңлер менен айырып қойыў жағдайлары жийи-жийи гезлеспекте. Газеталарда байрам қарсаңында мәкеме-кәрханалардан қутлықлаўлар бериледи, буннан соң сол мәкеме-кәрхана ҳаққында, оның өнимлери бойынша реклама бериледи. Булардың бәри нызамшылыққа қайшы келеди. Реклама бергенде «хызметлер лицензияланған», «өним сертификатланған» деп көрсетилиўи керек, – дейди Реклама жумысларын қадағалаў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бөлими баслығы Алишер Юсупов.

Қанигелердиң мәлим етиўинше, қол телефонларымызға келип туратуғын «ВК кондиционер сатып аламыз», «Такси хызметинен пайдаланыңыз», «Металлом, қағаз аламыз» сыяқлы дағаза-рекламалар да Нызамға қайшы ҳәрекетлер есапланады.

Мәжилисте жасырын рекламалар басып киятырған айырым баспасөзлер сынға алынып, баспасөзде бундай рекламаларды жәриялаў қадаған екенлиги қатаң ескертилди.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы