«Өзбекстан Республикасы жол хожалығы системасын терең реформалаў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Қарар тийкарында, жол инфраструктурасы сапасын раўажландырыў ҳәм жақсылаўда, регионаллық автомобиль жоллары тармағын ҳәм жол инфраструктурасын раўажландырыўда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ҳуқықлары және жуўапкершилигин буннан былай да кеңейтиў мақсетинде бир қатар тәртиплер енгизиледи.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық халық депутатлары Кеңеслери автомобильге жанармай ҳәм газ қуйыў станциялары тәрепинен автомобиль бензини, дизель жанармайы, суйытылған ҳәм қысылған газди тутыныўшыларға реализациялаўда жанармай бирлиги ушын 25 сумнан артық болмаған муғдарда регионаллық жолларды раўажландырыўға арнаўлы жыйым енгизиўге ҳақылы;

Районлар (қалалар) халық депутатлары Кеңеслери транспорт қуралы двигателиниң қуўатлылығынан келип шығып, автотранспорт қуралына ийелик етиў ушын жыллық жыйым енгизиўге ҳақылы.

Көрсетип өтилген жыйымлар кең жәмийетшилик додалаўлары тийкарында, белгили бир административлик-аймақлық бирлик халқының дәраматлары дәрежесин есапқа алып және Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда киргизиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.