2020-жылы Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылатуғын (хызмет көрсетилетуғын), акциз салығы салынатуғын товарларға (хызметлерге) акциз салығының ставкалары көбейтиледи. Бул ҳаққында Президент тәрепинен тастыйықланған «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызамда келтирилген, деп жазбақта «Дарё».

Бунда 2020-жылдан зергерлик буйымлары ушын 25 процент, мобиль байланыс хызметлери ушын 20 процент, гүмистен исленген асхана буйымлары ушын 11 процент, өндирислик кәрханалар тәрепинен сатылатуғын суйытылған газ ушын 30 процент, полиэтилен гранулалар ушын 30 процентлик акциз салығы ставкасы енгизиледи.

Сондай-ақ, бензин, дизель жанармайы ҳәм суйытылған газди автомобильлерге жанармай қуйыў шақапшалары арқалы сатыўда акциз салығы 1 литрден келип шығып есапланады. Оған бола, 2020-жыл 1-январьдан баслап 1 литр бензин, дизель жанармайы ҳәм суйытылған газ ушын 285 сум (2020-жыл 1-апрельден болса 350 сум), қысылған газ ушын болса 435 сум (1-апрельден 500 сум) акциз салығы салынады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.