Пайтахтымыздағы 57-санлы «Теле орай» мәкан пуқаралар жыйынына қараслы «Бозаўыл» елатлы аймағында 51-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, «Нураний» қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа мектептиң ашылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде халық билимлендириў тараўын реформалаў, соның ишинде, қурылыс-оңлаў жумысларының сапасын жақсылаў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тәлим-тәрбия жумысларын жақсылаў, тәжирийбели педагог ҳәм арнаўлы қәнигелер менен тәмийинлеў, педагог кадрларды ҳәм халық билимлендириў хызметкерлерин таярлаў ҳәм қайта таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыў системасын жетилистириў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Усы жылдың июль айында қурылысы басланған бул мектеп имаратын пайтахтымыздағы хожалық есабындағы «Нөкисинвестстрой» қурылыс кәрханасының қурылысшылары қурып питкерип, аймақ балаларына саўға етти. Бул жерде 3 миллиард 300 миллион сумлық қурылыс жумыслары орынланды.

-Жәми 180 оқыўшыға мөлшерленген мектеп имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы турғынларымыз ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды,-дейди 51-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директорының руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Г.Мәткаримова. – Себеби, аймағымызда оқыў орны болмағанлықтан балалар 2-3 километр узақта жайласқан Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы, 31-санлы, 38-санлы ҳәм 42-санлы мектеплерге қатнап оқып келди. Бул болса, бир қатар машқалаларды келтирип шығарар еди. Енди болса, жақын, кең ҳәм жақтылы, барлық қолайлықларға ийе мектепте оқыйтуғын болды. Буның ушын ата-аналар атынан шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Илажда қурылыс шөлкеминиң баслығы тәрепинен мектептиң рәмзий гилти мектеп директорына тапсырылды. Мектепке дәслепки қәдем қойған биринши класс оқыўшысы биринши қоңыраўды қақты.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.