Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы жыл 1-июль күнги бийлигине муўапық, Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар-жас өспиримлер спорт мектебин (манеж)де реконструкциялаў жумыслары алып барылған еди. Бул ушын жергиликли бюджет есабынан 9 миллиард 618 миллион 531 мың сум қаржы ажыратылды. «Жайҳун иншоот қурилиш» ЖШЖның 250 ден аслам жумысшылары бул жерде қызғын мийнет етип, реконструкциялаў жумысларын мүддетинен бурын тамамлаўға еристи.

11-декабрь күни тараў басшылары, ветеранлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында усы спорт мектебиниң ашылыў мәресими өткерилди.

Ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиздиң келешеги болған жаслардың жақсы оқып тәлим-тәрбия алыўы, денсаўлығының беккем болыўы, спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылып атырғанлығын атап өтти.

Буның барлығы спорт пенен шуғылланатуғын жаслар санының күннен-күнге артыўына, республикамызда Өзбекстан ҳәм жәҳән көлеминде өткерилип атырған жарысларда олардың жақсы нәтийжелерге ерисиўине имканият жаратпақта.

Мектеп алдындағы дәстүрий лента кесилип, мектеп директорына мектептиң рәмзий гилти тапсырылды. Мийманлар мектеп ишиндеги жаратылған шараятлар менен танысты.

– Бүгинги күнде мектебимизде 58 тренер-оқытыўшы тәрепинен 1547 жас өспиримге спорттың 16 түри бойынша шуғылланбақта,-дейди мектеп директоры Р.Казаков. – Усы жыл даўамында Өзбекстан, Азия чемпионаты ҳәм кубокларында, жәҳән чемпионаты ҳәм турнирлеринде, бизде шуғылланып атырған спортшы жасларымыз тәрепинен, жәми 40 алтын, 39 гүмис, 49 қола медальлары қолға киргизилди.

Республикамыз басшыларының қоллап-қуўатлаўы менен манеждиң реконструкцияланыўы нәтийжесинде, заманагөй жуўырыў майданшасы резиналы қаплам ҳәм футбол, волейбол майданшалары терафлекс спорт репуломы менен қапланды. Қосымша шешиниў, кийиниў, жуўыныў ханалары шөлкемлестирилди. Тренерлерге шараят жаратыў мақсетинде оларға кабинетлер ажыратылды. Асхана шөлкемлестирилди.

Усындай шараятлар жаратып бергени ушын Президентимизден ҳәм республикамыз басшыларынан миннетдармыз. Енди жуўапкершиликти еле де терең сезинип, жасларымыздың тәрбиясы ушын билимимизди ҳәм мийнетимизди аямаймыз.

Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер тараўы хызметкерлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери)