Өзбекстан Республикасы Конституциясының 27 жыллығы байрамы қарсаңында Қарақалпақстан Республикасы Аралбойы халқының жүрек қан-тамыр кеселликлерин саўалландырыў орайының  имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Конституция байрамы ҳәм жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Орайда «Инвесстрой Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен 9,5 миллиард  сумлық  жумыс көлеми орынланды. Санитария-профилактика типинде қурылған имарат реконструкциядан кейин мәмлекетлик санитария ҳәм нормаларына толық жуўап беретуғын стационар типтеги емлеўханаға айландырылды. Бул жерде кардиохирургия операция блоги, рентген-эндоваскуляр хирургиялық операция, сондай-ақ, кардиореанимация бөлимлери жаңадан шөлкемлестириледи. Ангиограф аппараты ушын жергиликли бюджеттен 730 мың АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылып, тендер саўдасы өткерилди.

– Келеси жылы және 2,8 миллион АҚШ долларына жаңадан заманагөй медициналық әсбап-үскенелер алыў режелестирилген,-дейди Аралбойы халқының жүрек қан-тамыр кеселликлерин саўалландырыў орайының бас шыпакери Д.Авезов.-Сондай-ақ, үш миллиард сумлық қурылыс және абаданластырыў жумыслары алып барылады.    

Илаж қатнасыўшылары емлеў орнында жаратылған шараятлар менен танысты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.