Усы жылдың 4-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстанда футболды раўажландырыўды пүткиллей жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманда жазылыўынша, халықаралық тәжирийбеден келип шығып, Халықаралық Футбол Ассоциациялары Федерациясы, Азия Футбол Конфедерациясының талапларына муўапық, 2021-жылдағы футбол мәўсиминен баслап Суперлига командалары арасындағы ушырасыўларда әдилликти тәмийинлеў мақсетинде VAR (Video Assistant Referee, видео жәрдемши төреши) системасы енгизиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.