Ҳәр жылы жаңа жыл байрамы алдында пиротехникалық қураллардың нызамсыз айланысына байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳәм оның унамсыз тәсирлери көбирек көзге тасланады.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының  Контрабанда ҳәм бажыхана нызамбузыўшылығына қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте Беруний районында усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде оператив илаж өткерилди.

Илаж барысында пуқара М.Х. тәрепинен 120 дана пиротехникалық қуралларды нызамға қайшы рәўиште өз басымшалық пенен сатып атырғаны анықланып, оның үйи өзиниң келисими менен көзден өткерилгенде, оның үйинде 420 дана пиротехникалық қураллар нызамсыз түрде сақланып атырғанлығы мәлим болды.

Сондай-ақ, Қоңырат районында бажыхана уйымлары тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында, пуқара А.К. тәрепинен тийисли ҳүжжетлери болмаған жәми 11184 дана пиротехникалық затларды нызамсыз түрде сатып атырғанлығы анықланып, илаж қатнасыўшылары тәрепинен бул нызамсыз ҳәрекетке де өз ўақтында шек қойылды.

Ҳәзирги ўақытта бул жағдайлар бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.