5-декабрь – Халықаралық волонтёрлар күни

Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги қәўендерлигинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң «Аралбойы аймақлары ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондын шөлкемлестириў арқалы Арал теңизи апатшылығынан жәбир көрген халықтың шыдамлылық потенциалын беккемлеў» атамасындағы Қоспа бағдарламаның орынланыўы шеңберинде «5-декабрь – Халықаралық волонтёрлар күни» мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди. Оған республикамыздың 10 районынан 600 ге шамалас белсенди волонтёр қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, БМШ ның Өзбекстандағы Раўажланыў бағдарламасының Турақлы раўажландырыў кластериниң қәнигеси Э.Изамова, «Шегарасыз шыпакерлер» халықаралық қайырқомлық шөлкеминиң психологиялық саламатлық бойынша менеджери Д.Спаньоло ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды сәне мүнәсибети менен қутлықлады.

Илажда атап өтилгениндей, усы жылдың 2-декабрь күни Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёев «Волонтёрлық жумысы ҳаққында»ғы нызамға қол қойды. БМШ тың Раўажланыў бағдарламасы, Ықтыярлылар бағдарламасы, Халықаралық денсаўлықты сақлаў шөлкеми, ЮНИСЕФ сыяқлы шөлкемлер тәрепинен аймақта денсаўлықты сақлаў системасының потенциалын арттырыў, инфраструктурасын жетилистириў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Бирге ислесиў шеңберинде Нөкистеги мәмлекетлик эпидемиологиялық бақлаў орайының музлатқышлы қоймаханасының қурылысы жуўмақланып, шанышыў бойынша информациялық система енгизилди, Мойнақ районындағы аўыллық шыпакерлик пунктлери қуяш нурларынан энергия алатуғын панельлер менен тәмийинленди. 2012-жылдан берли пүткил республика бойынша халық арасынан ықтыярый түрде 4 мыңға шамалас волонтёр оқытылды. Соннан бүгинги күнде Қарақалпақстанда 2 мың 81 жәмийетлик волонтёр жумыс алып бармақта. Олар бүгинги күнге шекем 272 мың 349 пуқараның санитария, денсаўлықты сақлаў, гигиена бағдарлары бойынша медициналық саўатлылығын арттырыўға еристи. Волонтёрлар аўыл турғынлары менен денсаўлықты сақлаў мәслелери бойынша жеке ушырасыўлар, информациялық сессиялар өткерип, жүрек-қан тамыр, асқазан-ишек кеселликлери профилактикасының әҳмийети, аналықты ҳәм балалықты қорғаў ҳаққында мағлыўмат берип барады. Бунда республикамыздағы Ҳаял-қызлар комитети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, өзин-өзи басқарыў уйымлары, жоқары оқыў орынларыниң бирге ислесиўи жолға қойылған.

Волонтёрлардың жумысына қамтып алынған шаңарақлар саны, жәмийетлик орынларда, медициналық мәкемелерде өткерилген сәўбетлердиң саны, еки жыл даўамында профилактика жумыслары нәтийжесинде қамтып алынған халықтың саны есапқа алынған ҳалда республикамыздың Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай, Хожели, Нөкис, Кегейли, Шымбай Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларында жумыс алып барып атырған волонтёрлар 8 номинация бойынша сыйлықланып, сондай-ақ, узақ аймақларда жасайтуғын 22 волонтёрға велосипедлер, қан басымын өлшейтуғын ҳәм қанның қурамындағы қант муғдарын анықлайтуғын медициналық әсбаплар тапсырылды.

Илаж даўамында «Қарақалпақстандағы волонтёрлық жумысы» атамасында ҳүжжетли фильм, көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.