Елликқала районы орайындағы Мәденият сарайында Өзбекстан, Қарақалпақстан, Түркменстан ҳәм Татарстан халық артисти, мәмлекетлик сыйлықтың ийеси Атажан Худайшукуровтың туўылғанының 75 жыллығына бағышланған «Она диёр куйчиси» таңлаўының  Өзбекстан Республикасы басқышы болып өтпекте.

Илажда Елликқала районы Атажан Худайшукуров атындағы қордың баслығы И.Садуллаев, Өзбекстан миллий Мақам көркем өнери директоры, профессор С.Бегматов елимизде Президентимиздиң басшылығында миллий мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди раўажландырыў,  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 23-сентябрьдеги «Өзбекстан халық артисти Атажан Худайшукуровтың туўылғанының 75 жыллығына таярлық көриў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы мәжилис протоколының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Таңлаўды өткериўдеги тийкарғы мақсет, миллий қосықшылық көркем өнеринде өшпес из қалдырған, бийтәкирар даўыс ийеси, шебер сазенде, жетик композитор ҳәм қосықшы Атажан Худайшукуровтың туўылған күнин кеңнен белгилеў, қосықшы қалдырған бай дөретиўшилик мийрасты үйрениў арқалы жаслардың миллий көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў, қәбилетли жасларды излеп табыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў болып табылады. Халық  дөретиўшилиги ҳәм ҳәўескерлик көркем өнерин раўажландырыў, белгили қосықшының мәдений мийрасын үйрениў ҳәм халқымыздың қәлбинде мәңгилестириўден ибарат.

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, республикалық мәденият мәкемелериниң жумысын шөлкемлестириў илимий-методикалық орайы, Төрткүл ҳәм Елликқала районлары  ҳәкимликлери тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген таңлаўда ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм республикамыз басқышының жеңимпазы болған 30 жас талант ийеси өз-ара беллеспекте.

Таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими бүгин Төрткүл районындағы Атажан Худайшукуров атындағы Мәденият сарайында болып өтеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.