8-санлы «Ақмаңғыт» сайлаў округинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасына Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал-демократиялық партиясынан депутатлыққа талабан А.Байрыева Нөкис районындағы сайлаўшылар менен ушырасты.

Ушырасыўда талабанның сайлаўалды бағдарламасы таныстырылды.

– Бүгинги күнде жаңаша Өзбекстанды қәлиплестириўимиз ҳәм оның раўажланыўына өз үлесимизди қосыў жолында ҳәр биримизден белсендилик ҳәм пидайылық талап етиледи,-дейди А.Байрыева. – Сайлаўалды бағдарламамызда тийкарынан инсан капиталы, бәркамал әўлад тәрбиясы мәселелерине айрықша итибар қаратпақтамыз.

Усы мақсетте биз билимлендириў системасында бәсекилик орталығын қәлиплестириў, жеке сектор ресурсларынан пайдаланыў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў ҳәм инновациялық жумысларды қоллап-қуўатлаўымыз керек.

Ушырасыўда талабанның алға қойған ўазыйпалары туўралы пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.