Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасында исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм коррупцияның алдын алыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы баслығының орынбасары С.Ерниязов алып барды.

Мәжилисте, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының бас юрист консульти Б.Шукуров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, салық тараўындағы жаңалықлар ҳәм өзгерислер менен таныстырды. Коррупцияның исбилерменлик орталығына тәсири, коррупция түсиниги ҳәм оның бизнестеги көриниси, бизнесте ҳуқықбузарлықлардың жер бериў, кредит ажыратыў, салық салыў, қарыздарлықты өндириў сыяқлы ең көп ушырасатуғын тараўлары ҳәм бағдарлары туўралы түсиниклер берилди.

Атап өтилгениндей, кейинги үш жылда елимизде барлық тараўлар сыяқлы салық системасында да бир қатар реформалар әмелге асырылды. Президентимиз тәрепинен салық сиясатын жетилистириў концепциясы қабыл етилип, салық тараўындағы реформалардың әҳмийетли бағдарлары белгиленди ҳәм басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

– Атап айтқанда, салық жүгиниң дәрежесин азайтыў мақсетинде усы жылдан юридикалық шахсларға пайда салығының ставкасы 14 проценттен 12 процентке, мүлк салығының ставкасы 5 проценттен 2 процентке, бирден-бир-салық төлеў ставкасы 5  проценттен 4 процентке ҳәм бирден-бир социаллық төлем ставкасы 15 проценттен 12 процентке түсирилди,-дейди басқарманың бөлим баслығы А.Утеев. – Физикалық шахслардың мийнет ҳақысынан алынатуғын 8 процентлик қамсызландырыў взносы бийкарланып, 4 басқышлы ставкаларда өндирилип келинген ҳәм жоқары ставкасы 22,5 процент болған физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының ставкасы 12 процент етип белгилеп берилди.

Салық концепциясы шеңберинде әмелге асырылған реформалардың биринши басқышы усы жылдың басынан әмелге асырылған болса, екинши басқышы Президентимиздиң усы жыл 27-июньдеги «Салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилиўин буннан былай да тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5755-санлы пәрманы менен даўам етти. Бунда дәраматқа қарай салық төлеў ҳәм қосымша қун салығы мәселелери өз шешимин тапты.

Президентимиздиң усы жыл 26-сентябрь күнги «Өзбекстан Республикасының салық сиясатын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы реформалардың үшинши басқышы болды. Пәрманға муўапық, усы жылдың 1-октябринен баслап қосымша қун салығының ставкасы 20 проценттен 15 процентке азайтылды. Есап бетлери бойынша операцияларды тоқтатып турыўдың әмелдеги тәртиби бийкар етилди.

Булардың барлығы халқымызға, соның ишинде, исбилерменлерге қолайлық жаратыў, олардың экспорт имканиятларын кеңейтиў, сырттан өзлерине керекли үскенелер менен буйымларды сатып алыў бойынша жеңилликлер жаратыў мақсетинде әмелге асырылмақта.

Мәжилисте, салық тараўында коррупцияның келип шығыўына мәмлекетлик уйымлардың айырым лаўазымлы шахсларының, соның менен бирге, айырым исбилерменлердиң де айыбы бар екенлиги атап өтилип, исбилерменлер тәрепинен исленген ҳуқықбузарлықлар, салықтан қашыў мақсетинде нызамсыз түрде исбилерменлик пенен шуғылланыў сыяқлы фактлер туўралы мағлыўматлар берилди. Усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде өткерилип атырған профилактикалық илажларға тоқтап өтилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.