Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналының мәлим етиўинше, төмендегилерге баланы мәмлекетлик бақшаларға орналастырыўда жеңилликлер бериледи:

– майыплығы болған адамлардың балалары;

– үш ямаса оннан көп балалары болған шаңарақлардың балалары;

– әскерий хызметкерлердиң ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң балалары;

– студентлер ҳәм педагоглардың балалары;

– жетим балалар ямаса ата-анасының қараўында болмаған балалар;

– басқа мәкемелерден өткерилген балалар;

– әжағалары ямаса әжапалары усы мәкемениң тәрбияланыўшылары қатарында болған балалар.

 

Бунда усы дизимдеги балаларға бақшада бос орынлар болғанда биринши гезекте жоллама бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.