Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 25-28-ноябрь күнлери Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергеновтың басшылығында, оның орынбасары А.Усманов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Президент админстрациясының қәнигелери ҳәм басқа да министрликлер менен уйымлардың, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары қатнасыўында республикамызда көшпели қабыллаўлар өткерилген еди.

Усындай көшпели қабыллаў 27-ноябрь күни Хожели районында А.Усмановтың басшылығында өткерилип, онда пуқаралар тәрепинен билдирилген 200 ден аслам мүрәжат тыңланды.

Соннан, «Айдын жол» ҳәм «Жайҳун» пуқаралар жыйынларының турғынлары Жумагүл Мәдиярова, Турғангүл Сегизбаева, Зуҳра Бердимуратовалар, жаңадан 400 хожалық аукцион арқалы Тақыятас районы Хожели районының қурамында турған пайытында жер майданын сатып алғанлығын мәлим етип, тәбийғый газ қубырларын тартып бериў ҳәм электр тармақларын орнатыў ушын ажыратылған қаржылар Хожели районында қалып кеткенлиги себепли, аймақ турғынлары усы хызметтен қыйналып киятырғанын билдирип, әмелий жәрдем сорағанын атап өтсек болады.

– Усы мүрәжат бойынша А.Усманов, Қ.Сариев, Тақыятас районы ҳәкими Ф.Алламбергенов тийисли шөлкемлерге тапсырмалар берип, тез күнде аймақты тәбийғый газ ҳәм электр энергиясына жалғаў бойынша тапсырма берген еди,-дейди Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Д.Наурызбаев. – Бул ушын сол күнниң өзинде 196 миллион сум қаржы ажыратылды.

Нәтийжеде, 5-декабрьге шекем «Айдын жол»ға 53 бетон таяныш үстинлери, 1 трансформатор орнатылды. 1,6 километрлик кабель тартылды. Жәми 132 миллион cумлық жумыс орынланды. Берилген тапсырма усы жылдың 10-декабрине шекем толық орынланыўы режелестирилмекте.

Тәбийғый газ тартыў ушын 1 километрлик газ қубырлары алып келинди. 36 хожалық тәбийғый газге жалғанды. 15-декабрьге шекем бул жумыслардың толық орынланыўы режелестирилген.

Буннан басқа, усы қабыллаўда пуқара Аллаяр Абдусадиков өзи ҳәм улы «Тақыятас асфальт бетон заводы» ЖШЖда қараўыл болып жумыс ислеп атырғанлығын, 2019-жылдың апрель-ноябрь айы даўамындағы ислеген жумысы ушын мийнет ҳақысын алмағанлығын айтып, әмелий жердем сораған еди. Қабыллаўдан соң район прокуроры А.Джумамуратовтың басшылығында сол күнниң өзинде олардың 7 миллион 392 мың сумлық мийнет ҳақысы өндирилип берилди.

Басқа мәселелер бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасының қадағалаўында жумыслар даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.