Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Бас прокуратура, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Жаслар аўқамы тәрепинен еки айдан берли БМШтың Раўажланыў бағдарламасының «Өзбекстанда нәтийжели, есап бериўши ҳәм ашық-айдын институтлар арқалы коррупцияға қарсы гүресиў» жойбары менен биргеликте «Коррупция –  раўажланыўдың душпаны» атамасындағы таңлаўдың аймақлық басқышлары өткерилген еди.

Әдиллик министрлиги тәрепинен бизге берилген мағлыўматларға қарағанда, улыўма билим бериў мектеплери, лицей-колледжлердиң оқыўшылары ҳәм жоқары оқыў орынларының студентлери арасында үш басқышта өткерилген таңлаўда, жәми 30 мыңнан аслам жаслар темаға байланыслы өзиниң көзқараслары ҳәм талқылаўларын сәўлелендирген шығармалары менен қатнасты.

Өзбекстан Республикалық басқышында 8-11-класс оқыўшылар арасынан Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы «Progress» билимлендириў ҳәм раўажланыў орайы жанындағы 46-санлы қәнигелестирилген мектептиң 10-класс оқыўшысы Тамара Скрипкина биринши орынды ийеледи.  Ал, Наўайы қаласынан Ирода Баҳронова екинши, Самарқанд ўәлаятынан Кумуш Абдураззоқова үшинши орынға мүнәсип, деп табылды.

Таңлаўда жоқары оқыў орынлары студентлери арасынан да жеңимпазлар анықланып, жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.