Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларға қайтатуғын студентлер менен оқыўшылардың қысқы дем алыс ўақтында турақлы жасаў орынларына барып-келиўи ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде усы жылдың 5-декабринен 22-декабрь күнине шекем, сондай-ақ, 2020-жылдың 1-январынан 6-январына шекем 50% лик шегирме тийкарында жол билетлериниң сатылыўы жолға қойылады. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Студентлер ҳәм оқыўшылар бүгиннен баслап жеңилликли жол билетлерин сатып алыўы мүмкин.

Усы дәўирде «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, «Uzbekistan Airways» АЖ, Транспорт министрлиги тәрепинен:

– студентлер ҳәм оқыўшылар ушын қосымша орынлар саны көбейтиледи;

– үш күнлик мүддетте жоқары оқыў орынларының басшылары тәрепинен усыныс етилген орынларда көшпели кассалар шөлкемлестириледи.

Еслетип өтемиз, быйылғы оқыў жылы ушын қысқы дем алыс усы жылдың 20-декабрь күнинен 2020-жылдың 6-январь күнине шекем даўам етеди.

2020-жыл 6-январь – дүйшемби оқыўдың биринши күни етип белгиленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.