Сайлаў – 2019

1-санлы «Нөкис» сайлаў округинен Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал-демократиялық партиясынан Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлығына талабан Дилфуза Джиенбекованың қала турғынлары менен ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыўда оның исенимли ўәкиллери талабанның өмир баяны ҳәм алға қойған мақсетлери туўралы мағлыўматлар берди.

Атап айтқанда, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, мийманхана бизнесин және де раўажландырыў мәселелери талабанның тийкарғы мақсетлеринен бири есапланады.

Ушырасыўда талабан қала халқын қыйнап киятырған айырым машқалалар бойынша мүрәжатлерин тыңлады.

– Халық бүгинги күнде комуналлық хызмет бойынша көбирек машқалаларға дус келип атырғанлығын есапқа алсақ, талабанның бул бойынша машқалаларды үйрениўи ҳәм шешимин табыўға болған умтылысы мақсетке муўапық,-дейди «Жийдели Байсын» МПЖ турғыны Р.Абжалиева.

Ушырасыўда талабанның платформасында көрсетилген ўазыйпалар бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Талабанның сайлаўшылар менен ушырасыўлары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.