ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫ КҮНИ АЛДЫНАН

Нөкистеги Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Қарақалпақ академиялық лицейинде Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 27 жыллығына бағышланған илаж болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген илажға министрликтиң жуўаплы хызметкерлери, академиялық лицейдиң оқытыўшылары, оқыўшы жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник И.Ахмедов, академиялық лицейдиң директоры, подполковник У.Кадиров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Конституциясының инсан ҳуқықларын қорғаўдағы әҳмийетине, конституциялық нормалардың орынланыўын тәмийинлеў мәселелерине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекетти, күшли пуқаралық жәмийетин қурыў бағдарындағы түпкиликли реформалар ҳәм өзгерислердиң бәршеси Конституция тийкарында әмелге асырылмақта. Бул болса, Тийкарғы Нызамымыздың шын мәнисинде, халқымыздың мәплерине, елимиздиң стратегиялық мақсетлерине толық жуўап беретуғынлығынан, ҳәр тәреплеме пухта исленген әҳмийетли сиясий ҳүжжет екенлигинен дәрек береди. Ең баслысы, онда инсан өмири, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да қолқатылмаслық ҳуқықлары жоқары қәдирият есапланып, олар мәмлекетимиз тәрепинен қорғалады.

Илажда Конституцияның халқымыз турмысындағы, елимиздиң раўажланыўындағы тутқан орны ҳәм әҳмийети, тарийхы туўралы оқыўшылар менен сораў-жуўаплар болды. Илажға белсене қатнасқан оқыўшыларға «Бир өмирлик қаҳарманлық» атамасындағы китап саўға етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.