Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасының Конституциясы қабыл етилгенине 27 жыл толыўы мүнәсибетине арналған ушырасыў кешеси болып өтти.

1992-жылы 8-декабрь күни ғәрезсиз Өзбекстанның бас нызамы – Конституциясы қабыл етилди. Конституцияны ислеп шығыўда нызамшылықтағы алдынғы сырт ел тәжирийбелери менен биргеликте халқымыздың көп әсирлик менталитети, жасаў шараяты, ата-бабалардан мийрас болып киятырған үрп-әдетлери де басшылыққа алынды.

Бас нызамда тийкарғы итибар инсан ҳәм оның ҳуқықлары және еркинликлери, яғный Өзбекстан Республикасының ҳәр бир пуқарасына жеке, сиясий ҳәм социаллық-экономикалық ҳуқықлар және еркинликлердиң кепилликлери тәмийинленди.

Ушырасыўда институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының үлкен оқытыўшысы Б.Арзиева Конституцияда усындай ҳуқық ҳәм еркинликлер ҳаққындағы нормаларға айырықша тоқталды.

Әсиресе, инсанның сиясий ҳуқықлары оның жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўы ушын хызмет ететуғын, ҳәр бир инсанның сиясий позициясын көрсетип беретуғын нормалардан ибарат. Мәмлекетлик басқарыў ҳәм ўәкилликли уйымларға сайлаў, сайланыў, сиясий партиялар, жәмийетлик шөлкемлер, кәсиплик аўқамларына ағза болыў, митинглер, демонстрацияларда қатнасыў сыяқлы ҳуқықлар Бас нызам арқалы ҳәр бир пуқараға кепилленген.

Ҳәммемизге белгили, усы жылдың 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Ташкент қаласы, ўәлаятлар, район ҳәм қалалардағы Халық депутатлары кеңеслерине сайлаў болып өтеди.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судьясы А.Нурлепесов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары М.Рахметуллаевлар сөзге шығып, елимиз тарийхындағы үлкен сиясий мапаз – сайлаўдың әҳмийети, оның нызамшылық тийкарлары, быйылғы сайлаў процесиндеги өзгерислер ҳаққында кең түрде тоқталды. Быйылдан баслап еркинен айырыў жазасын артқарып атырғанлардың да усы сиясий процесте қатнасыўы инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдеги үлкен ўақыя болғанлығы атап өтилди.

Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов қатнасты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.