Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3 –декабрь күни Тәжикстан Республикасының пайтахты – Душанбе қаласының баслығы Рустам Эмомалини қабыл етти.

Ушырасыўдың алдында мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы дослық ҳәм қоңсышылық қатнасықлары соңғы жылларда избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Еки туўысқан мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли көп қырлы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў тәмийинленгени, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында стратегиялық шериклик жолға қойылғаны айрықша атап өтилди.

Душанбе қаласының баслығы Рустам Эмомали қабыл еткени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирип Тәжикстан Республикасы Президенти Имомали Раҳмонның сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз пайтахтлары Ташкент ҳәм Душанбе қалалары арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери додаланды.

Қаланы басқарыў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў «Жол картасы» тийкарында қоспа кооперация жойбарларын ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бағдарламаларын әмелге асырыў сыяқлы бағдарларда турақлы сөйлесиўди жолға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

 

ӨзА