Конституциямыз ең алды менен инсан ҳуқықлары жоқары қәдирият екенлигин аңлатыўшы, еркинликлерин беккемлеўши ҳәм кепиллеўши, сондай-ақ, жәмийетлик структура тийкарларын, басқарыў формасы және мәмлекетлик системаның тийкарын, олардың ўәкилликлери менен өз-ара мүнәсибетлерин белгилейтуғын тийкарғы ҳүжжет есапланады.

Конституциядан биз тиккелей халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған қағыйдаларын, халық мәпиниң барлық нәрседен үстин екенлигин, инсан ҳуқықларының ең жоқары қәдирият сыпатында тән алынғанлығын көриўимиз мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы инсан турмысындағы барлық мүнәсибетлерди тәртипке салыўды белгилеп беретуғын ҳүжжет. Бунда Өзбекстан Республикасының суверен демократиялық Республика екенлиги, яғный, мәмлекет өзиниң ишки ҳәм сыртқы сиясатын ғәрезсиз белгилеўи, ал демократияның улыўма инсаныйлық принциплерге тийкарланыўы, олардан инсан, оның өмири, еркинлиги, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да қол қатылмайтуғын ҳуқықлары жоқары қәдирият есапланады. Сондай-ақ, онда Өзбекстанның ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси, мәмлекетлик ҳәкимияттың шөлкемлестирилиўи ҳәм Конституцияға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў  мүнәсибетлерин тәртипке салатуғын нормалар белгилеп берилген.

Конституциямызда көрсетилген усы мүнәсибетлерди әмелге асырыў мақсетинде нызамлар ҳүжжетлери қабыл етилмекте.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде тийкарғы нызамымыздың ҳәр бир статьясында белгилеп берилген нормалардың әмелде тәмийинленип атырғанлығын көриўимиз мүмкин.

Мәселен, Конституциямыздың 2-статьясында Мәмлекет ҳалық ерк-ықрарын билдирип, оның мәплерине хызмет етеди, ал 7-статьясында болса Халық ҳәкимиятының бирден-бир дереги деп белгиленген.

Бүгин Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген принцип, барлық буўындағы басшылардың жумысларында тийкарғы қағыйдаға айланыўы керек екенлигин белгилеп берди. Нәтийжеде, ҳәр бир басшы, жуўапкер хызметкер орынларға шығып, халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў мақсетинде олардың машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў бойынша унамлы жумысларды жан күйдирип әмелге асырмақта.

Мәмлекеттиң раўажланыўы, әлбетте, оның сыртқы сиясаты менен де тығыз байланыслы. Конституциямыздың 17-сататьясында Өзбекстан Республикасының сыртқы сиясаты ҳәм оны әмелге асырыўдың тийкарғы принциплери белгиленген. Сыртқы сиясий қатнасықлардың бас мақсети – мәмлекеттиң ғәрезсизлиги менен суверенитетин, халықаралық майдандағы орнын ҳәм ролин беккемлеў, халқымыздың тынышлығын тәмийинлеў, елимиздиң сыртқы экономикалық мәплерин белсене түрде алға сүриўден ибарат.

Бүгинги күнде мәмлекетимиз халықаралық қатнасықлардың тең ҳуқықлы ағзасы есапланады. Өзбекстан Республикасы дүньяның 130 дан аслам мәмлекетлери менен дипломатиялық байланыслар орнатқан, 100 ден аслам абырайлы халықаралық шөлкемлердиң ағзасы есапланады.

Усы жыл 16-ноябрь күни «Миллетлераралық мүнәсибетлер тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясатының концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Инсан ҳәм пуқаралардың тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳаққында сөз еткенимизде, алды менен Инсан ҳуқықлары жержүзилик декларациясында белгилеп берилген ҳәр бир ҳуқықый норма Конституциямызда өз көринисин тапқанлығын айтыўымыз лазым ҳәм бул ҳуқық ҳәм еркинликлер мәмлекет тәрепинен тәмийинленбекте. Мысал ретинде айтатуғын болсақ, пуқараның мүлк ийеси болыў ҳуқықы, мийнет етиў ҳуқықы, халық бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, исбилерменликти раўажландырыў арқалы ҳәр бир инсанның, оның шаңарағының, жәмийеттиң, мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўына қаратылған бир қанша ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилмекте.

Мәмлекетимизде Бизнес Омбудсман институтының, Бас министрдиң исбилерменлер ҳуқықларын қорғаў бойынша қабыллаўханасының, Инновациялық раўажланыў министрлигиниң шөлкемлестирилиўи, ҳәр бир шаңарақ исбилермен ямаса жаслар келешегимиз қурыўшысы мәмлекетлик бағдарламасының ислеп шығылыўы, исбилерменлик субъектлериниң жумысларын режеден тысқары ҳәм альтернатив тексериўлер бийкар етилгенлиги, пуқаралардың өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайларға қарата мүлк ҳуқықын тән алыў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясы – булардың барлығы тийкарғы нызамымызда белгилеп берилген ҳуқықларымыздың әмелде тәмийинлениўине хызмет етпекте. Бундай мысалларды ҳәр бир тараўда келтириўимиз мүмкин. Ең тийкарғысы бул реформалар халықаралық шөлкемлер тәрепинен жоқары дәрежеде баҳаланбақта.

Бүгин Өзбекстан аймағында жасап атырған ҳәр бир пуқара мәмлекетимиздеги реформаларды терең аңламақта.

2019-жылда 76 нызам, 1100 ден артық қарар, Президентимиздиң 100 ге шамалас Пәрманлары қабыл етилди.

Мине, усы өзгерислердиң барлығы Конституциямызға тийкарланып әмелге асырылмақта. Бул болса, оның ҳақыйқаттан да халқымыз мәплерине, мәмлекетимиздиң стратегиялық мақсетлерине толық жуўап беретуғын, ҳәр тәреплеме пухта исленген зәрүр сиясий ҳүжжет екенлигин дәлийиллейди.

Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик раўажланыў, суд-ҳуқық тараўындағы реформалар нәтийжесинде Конституциямызға усы күнге шекем 14 мәрте өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Киргизилген ақырғы өзгерислер суд ҳәкимияты системасы, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысларындағы реформалар, сайлаў системасы менен байланыслы.

Соны да айрықша айтып өтиўимиз керек, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳәр бир реформа халық ушын, оның мәпи ушын хызмет етиўи менен әҳмийетли есапланады.

 

Абилкасым Отеулиев,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.