Алдын хабар бергенимиздей, бүгин Өзбекстан мусылманлары басқармасының баслығы, муфтий Усманхан Алимов, Дин ислери бойынша комитеттиң баслығы Абдуғофур Аҳмедов ҳәм «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорының директоры Искандар Халилов Қарақалпақстанға сапар етип келди.

Сапар шеңберинде муфтий Усманхан Алимов Нөкис қаласындағы Муҳаммед ибн Аҳмед әл-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам оқыў орнында болып, оқыў орнының быйылғы жылы қурып питкерилген ҳәм пайдаланыўға тапсырылып атырған екинши имараты менен танысты. Бул ҳаққында оқыў орны басшылығының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Әдил Ережепов хабар берди.

Жаңа имарат ҳәр бир бөлмеси еки адамлық жатақхана, кир жуўыў, компьютер бөлмелери, асхана, радиоузель, медпункт ҳәм 270 адамға арналған намаз оқыў бөлмелеринен ибарат.

Муфтий ҳәзиретлери оқыў орны оқыўшылары ҳәм талабалары менен ушырасыў өткерип, олар менен сөйлести.

Сапар шеңберинде «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры тәрепинен оқыў орнының төрт талабасына шәртнама пуллары төлеп берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.