Соңғы 15 жыл даўамында илимпазлардың тийкарғы бас аўырыўына айланған 300 метрлик апофис астероиды Жерге 2029-жылы қулайды, деп болжанған еди. Бирақ, соңғы изертлеўлерге муўапық бул ўақыт 2029-жылдан кейинги жылларға туўра келиўи анықланды.

Дәслеп 2004-жылы илимпазлардың нәзерине түскен астероидтың Жер менен соқлығысыў итималлылығы 2,7 процентти қурап, аспан денеси планетамызға 2029-жылы жақынласады, деп болжанған еди. Бирақ, кейин ала илимпазлар пикирин өзгертип, бул ўақыт 2036-жылға туўра келиўин айтты. Ҳәзирги ўақытта болса астероидтың Жер менен соқлығысыўын жоққа шығарып атырғанлар да бар.

Апофис астероидының Жерге соқлығысыў мүмкиншилиги миллионнан бирге тең. Бирақ, оның Жерге жақыннан ушып өтиўи анық. Астероидтың «өмирин» турақлы түрде бақлап отырған NASA илимпазлары оның Жерге қашан жақынласатуғынлығын мәлим етти:

– 2060-жыл 12-апрель;

– 2065-жыл 11-апрель;

– 2068-жыл 10-октябрь;

– 2076-жыл 13-апрель;

– 2077-жыл 13-апрель;

– 2078-жыл 13-апрель;

– 2089-жыл 10-октябрь;

– 2091-жыл 13-апрель;

– 2103-жыл 14-апрель.

NASA илимпазларының есаплаўынша, астероид Жерге жақын жерден саатына 21 060 километр тезлик пенен ушып өтеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.