Сайлаў – 2019

Сайлаўдың мазмун-мәнисин, оның турмысымызда турқан орнын ҳәм әҳмийетин, тәртип-қағыйдаларын түсиндириў мақсетинде орынларда өткерилип атырған илажлар даўам етпекте.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен усы партиядан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутатлыққа талабанлардың «Сайлаўларда мениң даўысым» атамасындағы гезектеги ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыўда Сайлаў нызамшылығы, партияның сайлаўалды платформасы, депутатлардың өмир баяны ҳәм алға қойған мақсетлери туўралы студент-жасларға толық мағлыўмат берилди.

– Быйылғы сайлаў биз ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе,-дейди университеттиң жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы И.Жуманиязов. – Университетимиздиң студентлери де сайлаўларда белсендилик пенен қатнасып, өзлери ҳәм халқымыз ушын ең мақул болған талабанларға даўыс береди, деп исенемиз.

Ушырасыўда қатнасыўшылар депутатлыққа талабанлардың сайлаўалды платформасында келтирилген ўазыйпалар бойынша пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Усы мазмундағы илаж Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында да болып өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.