Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалында Бельгияның Вренжи университетиниң профессоры Ханс Де Вольф пенен ушырасыў болып өтти.

Илажда Президентимиздиң басшылығында елимизде миллий мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди раўажландырыў, тараўға жетик қәнигелер таярлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтилди.

Ушырасыўда еки мәмлекет жоқары оқыў орынлары арасында профессор-оқытыўшылар, жас илимпазлар ҳәм студентлер алмасыўын жолға қойыў, қәнигелер таярлаў бойынша пикир алысыўлар болды. Бельгиялы қәниге жоқары оқыў орнындағы оқыў процесслери менен жақыннан танысты, студент-жаслар менен сәўбетлести. Атап айтқанда, көркем өнер таныў илимий изертлеў жумысларында инновациялардан пайдаланыў, илимий-дөретиўшилик жаңалықлар  ҳәм креатив жойбарлардан пайдаланыў аудиториясын кеңейтиў бойынша бир қатар усыныслар билдирилди.

Ушырасыўда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы мийманда айрықша тәсир қалдырды.

Бельгиялы қәниге И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде, республикамыздың басқа да дыққатқа ылайықлы орынларында болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.