3-декабрь – Халықаралық майыплар күни

Халықаралық майыплар күни БМШ Бас Ассамблеясының 1992-жыл 14-октябрьдеги қарары менен ҳәр жылы белгиленип келинбекте.

Оның тийкарғы мақсети – пүткил дүньяда әмелге асырылып атырған бағдарлама ҳәм жойбарларда майыплығы болған шахслар, басқа майып болмаған адамлар менен тең ҳуқықлылық тийкарында қатнасыўын, майыплығы болған шахслардың мәплериниң, ҳуқықларының инабатқа алыныўын, барлық мәмлекетлерде олардың қәдир-қымбатын қорғайтуғын нызамлар ҳәм тәртип-қағыйдалардың енгизилиўин тәмийинлеп, ҳәмме ушын ашық ҳәм дослық болған жәмийет қурыў болып есапланады. Сондай-ақ, жәмийетте майыплығы болған шахслар дус келип атырған машқалаларды терең түсинип, оларды сапластырып, шешимин табыў, олардың қәдир-қымбатын, ҳуқықларын қорғаў, турмыслық шараятларын жақсылаўдан ибарат.

Елимизде де майыплығы болған шахслардың мәплерин қорғаў, олардың жәмийетимиздиң толық ҳуқықлы ағзасы екенлигин көрсетиў мақсетинде ҳәр жылы бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Бүгин де барлық орынларда усы күн мүнәсибети менен ҳәр қыйлы илажлар шөлкемлестирилди.

Усындай илажлардың бири Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы 4-санлы герең ҳәм шала еситиўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик билимлендириў мәкемесинде болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў Миллий палатасы Қарақалпақстан Республикалық аймақлық бөлими, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Жаслар аўқамының ўәкиллери ушырасыў өткерип, усы жерде тәлим-тәрбия алып атырған оқыўшылар менен сәўбетлести.

Мектеп-интернатқа усы сәне мүнәсибети менен өзлери тәрепинен алып келинген саўғаларын тапсырды.

– Мектебимизде ҳәзирги күнде 237 оқыўшы билим алмақта. Оларға 65 муғаллим ҳәм 59 тәрбияшы тәлим-тәрбия бермекте,-дейди мектеп директоры Р.Қаландарова. – Билимлендириў мәкемемиздеги китапхана фондында 10 мыңнан аслам китап бар. Спорт залымыз керекли спорт инвентарлары менен толық тәмийинленип, химия, биология, физика пәни кабинетлери де толық үскенеленген.  Сондай-ақ, 100 орынға мөлшерленген асханамыз ислеп турыпты.

Мәкемемизде оқыўшылар ушын 15 дөгерек жумыс ислеп турыпты.

Илажда мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Әдилбай Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

(автордың түсирген сүўретлери)