Жеңил салмақта UFC чемпионы болған америкалы Тони Фергюсон усы лиганың ҳәзирги ўақыттағы чемпионы Хабиб Нурмагомедов пенен жекпе-жек өткериўге келисим берди, деп хабар тарқатты «Вести» басылымы.

Жекпе-жек 2020-жылдың 18-апрель күни Нью-Йорк қаласындағы «Barclays Center» аренасында болып өтеди.

Усы күнге шекем россиялы файтер келисимге қол қойғаны хабар берилген еди, бул ўақытта UFC Фергюсонның келисимин күтип отырған.

Бул спортшылардың жекпе-жегиниң бесинши мәрте шөлкемлестириўи болады. Алдын ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы жекпе-жеклер өткерилмей келген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.