Өзбекстанда биометриялық паспорт алмаған пуқаралардың ески үлгидеги паспортларын алмастырыў мүддети 2019-жылдың 31-декабрь күнине шекем етип белгиленген. Егер усы көрсетилген ўақытқа шекем алмастырылмаса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 223-статьясына муўапық, 111 500 сумнан 669 мың сумға шекем жәриймаға тартылады.

Өзбекстанда биометриялық паспортлар 2011-жылдың январынан баслап енгизилген болып, ески үлгидеги паспортларды толық алмастырыў ушын дәслеп 2015-жылдың декабрь айына шекем, соңынан 2018-жылдың 1-июлына шекем ўақыт берилген еди. Бирақ, бул ўақытқа шекем мәмлекет халқының көпшилик бөлеги паспорт алмастыра алмағанлығы себепли бул бойынша ақырғы мүддет 2019-жылдың 31-декабрь күни етип белгиленген еди.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда 2021-жылдан баслап биометриялық паспорт орнына ID-карталар енгизилиўи күтилмекте. Мағлыўматларға қарағанда, 2021-жылы әмелдеги биометриялық паспортлардың енгизилгенине 10 жыл толады ҳәм сол жылы берилген паспортлардың мүддети питеди. Мүддети питкен биометриялық паспортлар басқышпа-басқыш ID-карталарға алмастырылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.